Хызметкерлер мәплери қорғаўы барысындағы жумыслар

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм кәсиплик аўқам комитети арасында 2023-2025 жыллар ушын дүзилген жәмәәтлик шәртнамасының 2023-жылға орынланыўы бойынша жыйналыс болып өтти.

Жыйналысты Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы орынбасары М.Данияров ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамы комитети баслығы Б.Утепбергеновлар 2023-жылда әмелге асырылған жумыслар бойынша өз есабатын берди. Жыйналыста Өзбекстан мәмлекетлик мекемелери ҳәм жәмийет хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси қаржы бөлими меңгериўшиси Г.Елмуратова қатнасты.