Хеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын

Мәмлекетимизде жаратылған күшли социаллық қорғаў нәтийжелери тийқарында ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, басқалардың қараўына мүтәж жалғыз баслы кекселерди мәнзилли социаллық қорғаўын күшейтиў мақсетинде анық илажлар әмелге асырылмақта.

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2023-жыл 2-10-ноябрь күнлери аралығында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 10-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығының Жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев, Шөлкемлестириў бөлими менгериўшиси Г.Илмурадова ҳәмде белсенделери Нөкис қаласында жайласқан ҳаяллар ушын ҳәм Шымбай районында жайласқан ерлер ушын “Мириўбет үйи”ндеги жасаўшыларынан хабар алды.

Илажда усы үйде жасаўшылардыӊ ҳал-жағдайлары сондай-ақ, жасаўшы өнерментлердиң буйымлары менен танысып сәўбетлести ҳәмде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар берилди.

Усындай илажлар ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының буўындағы барлық шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының бәрше ўалаятларында өткерилмекте.