Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Атқарыў комитетиниң 2021-жыл 25-апрель күнги 2-27 санлы «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин белгилеўде тармақ кәсиплик аўқамының қатнасыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде 2021-жыл 6-май күни Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен 9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўма халықлық байрамы кеңнен белгилеўде кәсиплик аўқамларының қатнасыўын тәмийинлеў, тармақ кәсиплик аўқамы системасында узақ жыллар нәтийжели мийнет қылған ҳәм ҳәзирги күнде напақада болған нуранийлерге Нөкис қалалық Кеңеси қаржыларынан 2 000 000 (икки миллион) сўмнан материаллық жәрдем ҳәм саўғалар тапсырылды. Нуранийлерге тармақ кәсиплик аўқамы раўажланыўында мүнәсип үлес қосқанлығы атап өтилип оларға жеке Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикас Кеңеси баслығы атынан миннетдаршылық билдирилди.
Соның менен бирге, усы күни Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси қурамындағы басланғыш кәсиплик аўқамлары баслықлары лаўазымында мийнет еткен, ҳәзирги ўақытта напақадағы кекселер ҳалынан хабар алынып оларға Нөкис қалалық кеңеси тәрепинен естелик саўғалар тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: