Көшпели кубок жарысы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы қурамында арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў аймақлық қутқарыў отряды ҳəм районлардағы кəсбийлестирилген өрт қутқарыў бөлекшелеринде ислеўши қутқарыўшылар арасында спорттың мини футбол түри бойынша усы жылдың 3-ноябрь күни 11-ноябрь “Өзбекстан кəсиплиплик аўқамлары күни”не бағышланған Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының көшпе кубоги жарысы өткерилди.

Жарыста командалар арасында жақсы нəтийжелерген ерискен Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлиминиң 15-санлы Кəсбийлестирилген өрт қутқарыў бөлекшеси 1-орын, Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаў аймақлық қутқарыў отряды 2-орын ҳəм Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими 6-санлы Кəсбийлестирилген өрт қутқарыў бөлекшеси 3-орынды ийеледи.

Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы кəсиплик аўқамы шөлкеми тəрепинен жарыс қатнасыўшыларына көшпе кубок, диплом ҳəм естелик саўғалары тапсырылды.

Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тəрепинен “Ең жақсы дарўазабан”, “Ең жақсы қорғаўшы”, “Ең жақсы көп топ кириткен ойыншы” ҳəм “Ең белсенди қатнасқан команда” номинациялары бойынша дипломлар берилди.

11-ноябрь “Өзбекстан кəсиплик аўқамлары күни”не арналып өткерилген Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының көшпе кубоги жарысына жəми 19 команда 180 хызметкерлер қатнасты.