14-июнь «Дүнья жүзилик донорлар күни»

14-июнь «Дүнья жүзлик донорлар күни» байрамы мүнәсибети менен Нөкис қаласында Республикалық қан қуйыў станциясында байрам илажы өткерилип, илажда Қарақлпақстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министри М.И.Курбанов қатнасып, бийғәрез донорлар Беруний районлық медицина бирлеспеси шыпакери, кәсиплик аўқам комитети баслығы Қудойберганов Тўлқин Ибрагимович ҳәм Карақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы аймақлық қутқарыў операторы фельдшер қутқарыўшысы Арзиев Мамут Абатбаевичларға «Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры» көкирек нышаны тапсырылды.

Соның менен қатар 14-июнь «Дүнья жүзлик донорлар күни» байрамы мүнәсибети менен Республикамыз халқының денсаўлығын беккемлеў, бийғәрез донорлықты раўажландырыўдағы жемисли мийнетлери ушын бир қатар хызметкерлер Қарақалпақстан Республикасы ден саўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республиасы Кеңесиниң биргеликтеги «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.