1997-жылдан баслап Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен 12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни” деп жәрияланған.
Усы сәне мүнәсибет менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Нөкис каласындағы “Туран” ҳәм “Арал” балалар жазғы дем алыў орайларында 12 – июнь – «Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» не бағишланған «Балалар мийнетин тоқтатыў ушын улыўма социаллық қорғаў» ураны астында бир қатар илажлар өткерилди.
“Туран” ҳәм “Арал” балалар жазғы дем алыў орайындағы дем алыўшы балалар менен спорттың қылышпазлық ҳәм аўыр атлетика түринен Өзбекстан чемпионлары Нафиса Уразбаева, Алишер Раджаповлар менен ўшрасыўлар өткерилип, чемпионлар өзлериниң усы табысларына ерисиўинде мәмлекетимизде бәрше шараятлардың жаратылғанлығын, буннан жасларымыз дурыс пайдалана билиўи, биринши гезекте жақсы оқыўы, удайы түрде спорт пенен шуғылланыўы, бос ўақытларын дурыс шөлкемлестириўи кереклигин ҳәм бул бағдарлағы жумысларда ата-аналар кең жәмийетшилик пенен биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлигин айтып өтти.
Буннан соң сөзге шыққанлар бақша, мектеп, колледжлер, балалар дем алыў орайларының, сондай-ақ балалар шөлкемлериниң балалар өмиринде тутқан орны, балаларды оқытыў менен бирге оларға берилип атырған билим-тәрбия, имканиятлар ҳаққында, елимизде системалы билим бериў арқалы балалар мийнетиниң алды алынғанлығы, балалардың мийнетиниң қорғалғанлығы, усы мақсетте Халық аралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен жәрияланған 12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни”ниң әҳмийети, қала берсе, балалар мийнетиниң ең аўыр түрлерин қолланыўдың алдын алыў бойынша нызам ҳүжжетлериниң бар екенлиги, “Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамында он сегиз жасқа шекемги болған шаҳслар бала деп есапланатуғынлығы, Өзбекстан Республикасының “Билимлендириў ҳаққында”ғы Нызамы менен бәрше балалар ушын 11 жыллық мәжбүрий билимлендириў системасы қабыл етилгенлиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Бундай илажлар Елликқала районындағы “Арал балалары” ҳәм “Гулшан”, Қоңырат районындағы “Жайхун-2”, Қанлыкөл районындағы “Сунқар” Мойнақ районындағы “Ақ кеме”, Төрткүл районындағы “Лочин”, Тақыятас районындағы “Айдын жол”, Әмиўдәрья районындағы “Қалдирғош” ҳәм Беруний районындағы “Роҳат” балалар жазғы дем алыў орайларындада өткерилди.
12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни”не бағышланып «Балалар мийнетин тоқтатыў ушын улыўма социаллық қорғаў» ураны астында өткерилген илажларда, балалар ортасында сүўрет салыў таңлаўлары, спорттың шахмат-шашка, стол тенниси түрлеринен жарыслар өткерилип жеңимпазларға кәсиплик аўқамлары тәрепинен естелик саўғалары ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: