“Биз – спортшы шаңарақпыз” сүрени астында шаңарақлық спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Дене-тәрбия спорт жумыслары басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилип атырған “Биз – спортшы шаңарақпыз” сүрени астында шаңарақлық спорт жарысларыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Шаңарақлық спорт жарысларыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы 2-санлы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде шөлкемлестирилип, бунда

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Кеңеси баслықлары ҳәм жуўаплы шөлкемлестириўшилери сондай-ақ, қала ҳәм районлардағы барлық тараўлардан сайланған 9 командадан 27 хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қатнасты.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен биринши орын Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим тараўынан Хайдаров Рустам Маратовичлар шаңарағы, екинши орын Өзбекстан денсаўлықты сақлаў тараўынан Исебаев Батыржан Жанабаевичлар шаңарағы, үшинши орынды Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети тараўынан Худайбергенов Шавкат Сапарбаевичлар шаңарағы жеңимпаз деп табылды.

Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен тараўлар арасында улыўма камандалық есапта 1-,2- ҳәм 3-орынларды ийелегенлерге ҳәмде қалған қатнасыўшы командалар ушын дипломлар ҳәм саўғалар берилди сондай-ақ, тараўлар арасында ең жоқары балл топлап 1-орынды ийелеген каманда Наманган ўалаятында болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.