Жасарыў ҳәм жаңаланыў, ояныў тымсалы, миллий өзлигимиз көриниси, руўхый өмиримиздиң ажыралмас бөлеги болған Наўрыз барлық тараўларда, майдан ҳәм бағларда, аўылларда, барлық мәҳәллелерде байрам ҳаўазы жаңрамақта.
Сол қатарда, 2022-жыл 20-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси де «Истиқлол» балалар дем алыў орайында халқымыз ушын шөлкемлестирилген байрам сейилинде, миллийлигимиз тымсалы болған қара үй орнатылып, байрамға мас безетилди, мийманларды саз-сәўбет пенен күтип, әтирап-аймақ жасы үлкенлер менен жасы кишилерге толы болыўы байрам кейпиятын пайда етти. Кең дастурханда миллий тағамлар, ҳәр қыйлы буйымлары көргизбеси жыйналғанлар нәзерине усынылды. Соның менен бирге, қарақалпақ халқының миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши көринислер, халық қосықлары атқарылды.
Усылайынша таң азаннан басланған Наўрыз сейили узақ күн бойы даўам етти.
Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Наўрыз» байрамы тамашаларына кәсиплик аўқамлары өз үлеслерин қосып, бул илажлар көтериңки руўхта өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: