Қарақалпақстан Республикасы мийнет жәмәәтлеринде дүзилген Жәмәәтлик шәртнамаларының 2021-жылы орынланыўын додалаўға бағышланған жыйналыслар болып өтпекте. Беруний районы 4, 58, Еллақала районы 10, 29, Шымбай районы 5, 14, Нөкис қаласы 4, 6, 9, 13 санлы улыўма орта билим бериў мектеплери жыйналысларында мектеп директорлары ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслықлары есабатлары тыңланды ҳәмде ҳәкимшилик ҳәм кәсиплик аўқам комитети тәрепинен 2021-жылда алып барылған жумыслар қанаатланарлы деп табылды. Жыйналыс соңында бир топар кәсиплик аўқам белсендилерине естелик саўғалары тапсырылды. Жыйналысларда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкуерлери кәсиплик аўқамы республика кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкуерлери кәсиплик аўқамы районлық, қалалық бөлимшеси кеңеси баслықлары, халық билимлендириў бөлими жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Уқсас жаңалықлар
Устазлар-кәсиплик аўқамы дыққат итибарында!
03.10.2024 11:35:48
3032
Меҳирге толы салтанатлы илаж
24.06.2022 20:23:31
5393
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: