«Спорт – саламатлық гиреўи» сүрени астында спартакиада жарысы өткерилди

Усы жылдың 22-август күни Қарақалпақстан медицина институты ҳәм Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы спорт базаларында Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары ҳәрекети басланғанының 120 жыллығы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамы мүнәсибети менен Республикалық емлеў профилактика мәкемелери хызметкерлери арасында спорттың шашка, шахмат, стол тенниси,волейбол ҳәм арқан тартыў түрлери бойынша «Спорт – саламатлық гиреўи» сүрени астында спартакиада жарысы өткерилди.

Спартакиада жарысында Республикалық емлеў профилактика мәкемелеринен 17 команда қурамында 147 ден аслам хызметкер қатнасты.

Жарыс жуўмағында:

I орынды Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы;

II орынды Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы;

III орынды Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы командалары ийелеўге еристи.

Соның менен қатар «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», “Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы”, “Жеңиске болған умтылысы ушын”, “Ең жасы киши қатнасыўшы” номинациялары бойыншада жеңимпазлар анықланды.

Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары, кеңес тәрепинен таярланған медаль, кубок ҳәм де баҳалы саўғалар, сондай-ақ номинациялар жеңимпазларыда дипломлар ҳәм де баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.