Байрамалды илажлар даўам етип атыр

ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы қарсаңында «Жаңа Өзбекстан – Жаңа кәсиплик аўқамлары» сүрени астында мәдений-ағартыўшылық ҳәмде қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 4-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ўәкиллери ҳәм кәсиплик аўқамлары белсенделери менен биргеликте Республикалық көп тармақлы балалар медицина орайынан хабар алынды.

Илажда ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы З.Палуаниязовалар қатнасып, орайдың медицина хызметкерлери менен ушырасты ҳәмде емленип атырған балалардың ҳал-жағдайлары, шараятлары менен танысып, олар менен сәўбетлести.

Республикалық көп тармақлы балалар медицина орайы 335 орынға мөлшерленген болып, онда 416 хызметкерлер жумыс алып бармақта. Ҳәзирги күнде орайда 210 бала емленбекте.

Ушырасыў даўамында медицина орайының бир қатар хызметкерлерине кәсиплик аўқамларының «Ҳүрмет жарлығы» ҳәмде емленип атырған балаларға саўғалар тапсырылды.