Президентимиздиң басламасы менен 2020-жылы қабыл етилген Нызамға муўапық, 11-ноябрь Кәсиплик аўқамлары күни деп белгиленген болып, дерлик алты жылдан берли бул байрам елимизде кеңнен белгиленип, мийнеткешлердиң кеўлинен терең орын алды. Ол халықтың меҳир-муҳаббаты, миннетдаршылығы ҳәм мийнеткешлерге болған ҳүрмет белгиси болды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 3-ноябрь күни «Самир» ресторанында «Жаңа Өзбекстан – Жаңа кәсиплик аўқамлары» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының аппарат баслығы Олимжон Салиев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Улуғбек Жалменов, сондай-ақ, республика басшылары, мийнет ветеранлары, кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм жәмийечилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер кәсиплик аўқамларының жәмийетимиз турмысындағы орны, хызметкерлердиң мәплерин қорғаўдағы жуўапкершилиги, социаллық турақлылық ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда кәсиплик аўқамларының жумысы исенимли ҳәм халықшыл системаға айланбақта. Бул бағдарда 2026-жыл он ай даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен де көплеген жумыслар әмелге асырылды.
Соның ишинде, жәмәәт шәртнамалары тийкарында кем тәмийинленген шаңарақлар, ислеўши пенсионерлер, майыплар,
ҳаял-қызлар ҳәм жасларға жәми 16 мың 662 хызметкерге, 7 млрд. 559 млн. 403 мың сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилди. Усы қаржының 4 млрд. 197 млн. 870 мың сумы кәрханалар есабынан, 3 млрд. 361 млн.
532 мың сумы болса кәсиплик аўқамлары қаржыларынан ажыратылды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесине юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден жәми 477 мүрәжат келип түсти. Нәтийжеде 145 мүрәжат кәсиплик аўқамларының усыныслары ҳәм судларда көрип шығылыўы нәтийжесинде толық қанаатландырылды. Соның менен бирге, 292 мүрәжат бойынша пуқараларға мийнет ҳуқықлары ҳаққында түсиниклер берилди, 8 мүрәжат болса тийисли ўәкилликли уйымларға жиберилди. Бул процесслер нәтийжесинде мүрәжат етиўшилердиң пайдасына жәми 2 млрд. 669 млн. 113 мың сум мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, компенсациялар ҳәм руўхый зыянлар өндирип берилди.
Соның менен бирге, санаторийлерде социаллық қамсызландырыў қоры жолламалары есабынан 1999 жумысшы саламатландырылды, соннан 76 жумысшы-хызметкер бийпул жолламалар тийкарында дем алды. Сондай-ақ, кәсиплик аўқамларының қаржылары есабынан 1753 жумысшы-хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары саламатландырылды.
Ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» бағдарламасы шеңберинде
8 мың 935 хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхатлары шөлкемлестирилди. Соннан Қарақалпақстан аймағындағы дыққатқа ылайық орынларға 2 мың 945, елимиздиң тарийхый қалаларына болса
5 мың 990 хызметкерлердиӊ саяхатлары шөлкемлестирилди.
Бул мақсетлерге кәсиплик аўқамлары есабынан 1 млрд. 485 млн. 600 мың сум, жумыс бериўшилер есабынан 1 млрд. 99 млн. 100 мың сум,
жәми 2 млрд. 584 млн. 800 мың сум қаржы жумсалды.
Балалардың жазғы дем алыўы ҳәм саўаландырыў жумысларына айрықша итибар қаратылды. Республикамыздағы 11 стационар түрдеги дем алыў орынларында жәми 7808 бала (соннан, кәсиплик аўқамлары есабынан 1748 бала, социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың айрықша баҳаларға оқыған перзентлери 4916 бала, ҳәкимлик ҳәм қәўендерлер есабынан 1851 бала ҳәм физикалық шахслар тәрепинен
130 бала) ҳәмде 69 мәденият ҳәм спорт майданшаларында
16750 жәми мәўсим даўамында 24558 бала дем алдырылды.
Илаж соңында мийнет пидайылары ҳәм тараў белсендилери мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Олар елдиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм мийнеткешлердиң мәплерин қорғаўдағы пидайы хызметлери менен атап өтилди.

– Инсан мийнети қәдирленген, оның ҳуқықлары менен мәплери исенимли қорғалған жерде ғана социаллық әдиллик, өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик беккем қарар табады. Мине, усы ийгиликли принциплерди турмысқа енгизиўде кәсиплик аўқамларының орны ҳәм жуўапкершилиги шексиз. Көп жыллық мийнетлерим есапқа алынып, «Ардақлы нураный» көкирек белгиси менен сыйлықланғаным мен ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды, — дейди тәсирлери менен ортақласқан нураный Зинатдин Есенбаев.
Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлар қатнасыўшылардың кеўиллерин қуўанышқа толтырды.













Spelling error report
The following text will be sent to our editors: