Нөкис юридика техникумында «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслыгы Д.Кутлымуратова, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев хамде Нөкис юридик техникуми басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы С.Хожахметова, техникум жаслары қатнасында өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслыгы Д.Кутлымуратова кирис сөз бенен баслап берди.
Елимизде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып, олардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, машқалаларын өз ўақтында шешиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырганлыгы хамде Президентимиздиң басламасы менен ҳәр ҳәптениң пийшемби күнин “Жаслар күни” деп белгиленгенлигин айырықша айтып өтти. Усы баслама шеңберинде барлық орынларда «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы кеңнен белгиленип атыр.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жасларға байланыслы мәмлекет сиясаты ҳаққындағы Нызамында анық етип белгилеп өтилгениндей, жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы искерлигин асырыў мақсетинде “Келажак бунёдкори” медалы, “Мард ўғлон” мәмлекет сыйлықлары ҳәмде қызларымыз ушын «Зулфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықлары жасларымыз ушын енгизилгенин мақтаныш пенен айтып өтти, бунда жасларымыз қызығыўшылықлары бойынша санлы технология, илим-пән, көркем-өнер, мәденият, спорт ҳәм тағыда басқа бағдарларда ерискен жетискенликлерин қоллап-қуўатлаў хаккында, «Жаслар исбилерменлигин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў»да исбилермен жасларға 100 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылып атырғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.
Соң сөзге Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Н.Алиев шығып сөйлеп, ең дәслеп ол Өзбекстан кәсиплик аўқамы жаслар арасында қандай түсиникке ийе екенлиги ҳаққында соралды ҳәм жыйналған жасларға ҳәр бир мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери жумыс орынларда жәмәәтлик шәртнама ҳәм мийнет шәртнамалар дүзилетуғынлығы, мийнет ҳәм жәмәәтлик шәртнамаларының дүзиу тәртиплери, хызметкерлердиң мәпи нызамлы қорғалыўы ҳаққында жыйналғанларға кеңнен айтып өтти.
Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлардан кеңнен дурыс ҳәм мақсетли пайдаланыў кереклигин түсиндирди.
Ушырасыў даўамында усы техникумда билим алып атырған бир қатар жасларға әсиресе белсендилик көрсетип атырған оқыўшы жасларға Өзбекстан мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды ҳәм жаслардың пикир-усыныслары, машқалалары тыңланды ҳәм «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўлар өз ўақтында шешим табыў имканиятын бермекте.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: