Бүгин Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығына бағышлап “Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” деген баслы идеясы астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде Мәрипат сааты өткерилди.
Онда Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсиятлаў топары ағзасы, ветаран педагог Б.Султанов, Қарақалпақстан Кеңеси аппарат хызметкерлери ҳәмде кәсиплик аўқам белсендилери қатнасты.
Илажда Илажда шығып сөйлегенлер елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы менен қутлықлап, ғәресизлик шарапаты менен елимиде ерисилген жетискенликлер менен қолға киргизилген табысларға айрықша тоқталып өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: