1-октябрь-«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен усы жылдың 24-сентябрь күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы улыўма орта билим бериў мәкемелеринде ислеп атырған педагог хызметкер Шылпық қорғанына, Беруний районында жайласқан Султан Увайс баба ҳәм Елликқала районында жайласқан Кеширмес баба, Норимжон баба зыярат орынларына алып барылды. Дәслебинде зыяратшылар Султан Увайс баба зыярат орнына барып, ол жерде қуран оқылып, пәтия етилди. Буннан соң Кеширмес баба ҳәм Норимжон баба зыярат орынларына да барып, ол жерде де қуран оқылып, пәтия етилди.
Сондай-ақ, 25-сентябрь күни улыўма түрдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниӊ педагог хызметкерлери Қоӊырат районындағы Даўыт ата, Мойнақ районы аймағында жайласқан Ҳәким ата зыярат орынларына барып, ол жерде қуран оқылып, пәтия етилди. Мойнақ районындағы кемелер қәбиристанына, тарийх музейине барып өзлерине бай азық алыўға еристи.
Зыяратшыларға бул тарийхый комплекс орынларының тарийхы, уллы тулғалар, олардыӊ мақбараларыныӊ қашан қурылғаны ҳаққында қәнигелер тәрепинен кеӊ түсиниклер берилди.
Тарийхый комплекс орынларына болған зыратлар хызметкерлер қәлбинде үлкен тәсирлер қалдырды.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: