Нөкис қаласындағы «Туран» балалар дем алыў орайында 2026-жыл жаз мәўсиминде «Балалардың жазғы дем алысын шөлкемлестириўде бирге ислесиў, жуўапкершилик ҳәм қәўипсизлик – ең әҳмиетли баслы бағдар» атамасында аймақлық оқыў семинары болып өтти.
Бул семинар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-ноябрьдеги ПҚ-427-санлы қарары, Министрлер Кабинетиниң тийисли протоколлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық комиссиясы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Семинарға министрликлер ҳәм шөлкемлер, ҳуқық қорғаў уйымлары, денсаўлықты сақлаў, айрықша жағдайлар, санитариялық-эпидемиологиялық хызметлер, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм кәсиплик аўқам ўәкиллери, сондай-ақ, дем алыў орайларының директорлары ҳәм бас тәрбияшылар қатнасты.
Илаж даўамында балалардың қәўипсиз дем алыўын шөлкемлестириў, дем алыў орайларында санитария ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етиў, балаларды қәўипсиз тасыў, медициналық хызметлерди шөлкемлестириў, мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын мазмунлы өткериў сондай-ақ, “oromgohlar.uz” электрон платформасы арқалы жолламаларды ашық-айдын бөлистириў мәселелери додаланды.
Семинар даўамында жуўапкер министрлик ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәўсимге таярлық бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша баянатлар тыңланды ҳәм әмелий усыныслар берилди.
Сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақлардың ағла баҳаларға оқып атырған перзентлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, оларды дем алыў орайларында бийпул дем алдырыў ҳәм саўаландырыў жумысларын системалы шөлкемлестириў бойынша да айрықша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Семинар жуўмағында барлық аймақлық комиссиялар, министрликлер ҳәм шөлкемлерге жазғы саўаландырыў мәўсимин қәўипсиз, мазмунлы ҳәм жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: