“ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ҲҮРМЕТ” атамасындағы байрам кешеси өткерилди

“Биз ҳәр жылы бул кунди ынтықлық, кеўилимизде әжеп жыллылық пенен кутемиз. Бул гөззаллық әйямда ҳәммемизди дүняға кетлирген, ақ сүт берип, миҳир ҳәм тәрбия берип усы күнге жеткерген уллы ана келбетине, ҳаял затына тәжим етемиз. Инсан қадрин көтермелеў ең әўеле әзиз ҳүрметли ҳаялларымызды көтермелеўден басланады”,-деп ҳаялларымызди уллылап айтып өткен еди мәмлекетимиз басшысы, 2024 йилги байрам қутлықлаўында.

Ҳақыйқаттан да Өзбекстанда бул мақсет жолында көплеген жумыслар қылынып атыр. Атап айтқанда “Өзбекстан -2030” стартегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың искерлигин асырыў, аналық ҳəм балалықты қорғаў, гендер теңлигин қарар таптырыў, ҳаяллардың ҳуқық ҳəм мəплерин тəмийинлеў бойынша илажлар əмелге асырылмақта.

Ҳаял-қызларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды иззетлеў, соның менен бирге, барлық тараўларда нəтийжели ислеп атырған ҳəм шаңарақлар беккемлигин тəмийинлеўде өз үлеслерин қосып киятырған белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў, үлгили кəсиплик мамнлығы менен басқаларға үлги болған мийнет нураныйларын иззетлеў сыяқлы жумысларда кəсиплик аўқамлары тиккелей қатнасып, ийгиликли басламаларды əмелге асырыўда мəмлекетимизге қол қанат болып атыр.

2025-жыл 5-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тарепинен 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен “Ҳаял-қызларға ҳүрмет” атамасында байрам кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәми­йетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов ашты ҳәм қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлады. У.Жалменов өз сөзинде Президентимиз Ш.Мирзиёев ҳаял-қызларымыздың саламатлығы беккемлеўге байланыслы елимизде әмелге асырылп атырған реформалар, жәмийетте өз орнын белгилеўинде басламалары илгери сүрилгенлиги соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилген, олар қайсы тараўда болса да өзлериниң мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы арқасында ерлер менен тең қәдем таслап атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.  Соның менен бирге ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Ҳаяллар дәптери” жолға қойылып ҳәм бул бағдарда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында 1-5-басқышларында жәми 192 мың 991 ҳаял-қызлардың машқалалары шешилгенлиги, соның менен бирге, 6-басқышына ҳаял-қызлардың машқалалары “мәҳәллебай” үйренип шығылып, аймақларда өткерилген хатлаў процеслери ҳаққында айтып өтти.

Байрам кешеси даўамында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидәкерлик көрсетип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураный аналары­мызға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саў­ғалар менен сыйлықланды.

Илаж даўамында концерт бағдарламасы ҳәммеге көтеринки кейпият бағышлады.