Өзбекстан велоспорт Федератсиясы Қарақалпақстан бөлими ҳəмде Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федератсиясының Қарақалпақстан Кеңеси менен биргеликте Өзбекстан кəсиплик аўқамлары ҳəрекетиниң 120 жыллығына бағышлап спорттың велоспорт шоссе түринен өткерилген усы жарыста 104 ул-қызлар өз-ара күш сынасты.
Илаж шөлкемлестириўшилери мəмлекетимизде жас әўлад тəлим-тəрбиясы ҳəмде саламат, жетик инсанлар болып жетилисиўи ушын мүнəсип шəрт-шəраятлар жаратып берилип атырғанын айтып өтди. Халық арасында саламат турмыс тəризин үгит-нәсиятлаўда, перзентлеримизди спортқа қызықтырып өсириўде бул сыяқлы илажлар өмиримизде əҳмийети орын тутатуғынлығын айтып өтти.
Өзбекстан кəсиплик аўқамлары ҳəрекетиниң 120 жыллығына бағышлап өткерилген усы жарыс қатнасыўшылар кеўилинде узақ ўақыт сақланып қалады.
Илаж соңғында Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федератсиясининг Қарақалпақстан Кеңеси тəрепинен жеңимпазларға естелик саўғалар тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: