Раўажланып атырған туризм тараўы

Президент қарары менен мәмлекет экономикасының стратегиялық тармағы ретинде туризмди жедел раўажландырыў ушын қолайлы экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый шәрт-шәраятлар жаратылып, аймақлардың үлкен туризм потенциалынан және де толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылды. Нәтийжеде елимизде туризм саласын түптен реформалаў процеси басланды. Ҳәммеге мәлим, туризм саласындағы өзгерислер миллий экономиканы раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларынан бири болып, ол аймақлардың жедел раўажланыўы ушын имкәният жаратады.

26-ноябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федератсиясиның Қарақалпақстан Кеңесинде әйне мәселелер туўралы жыйналыс өткерилди. Жыйналыста Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерацияси жанындағы “Касаба сайр” сыңар кәрханасы директоры Хидиров Толқын Узакович ҳәм де тараўлардың Қарақалпақстан Республикасы Кеңеслери, қала ҳәм районлық кеңеслери, барлық тараўлардағы ири шөлкемлердеги кәсиплик аўқам комитетлери баслықлары қатнасты.

Жыйналысты Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Жалменов ашып берди. Соннан кейин кәрхана директоры Хидиров Толқын Узакович сөзге шықты.

“2017-жылдан бүгинге шекем Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында туризм саласында ири реформалар әмелге асырылмақта. Анализлерге көре, 2015-жылда бизде бир ўақыттиң өзинде республика бойынша бир күнниң өзинде 10 мың 200 дана саяхатшы қабыл етилген. Ҳәзирги күнге келип бул көрсеткиш 70 мыңнан асты. Бул болса туристлер ағымы барған сайын артып баратырғанын көрсетеди. Айтыў керек, туризм дүняда ең актуал ҳәм керекли тараў. Егер дүнья бойынша нәтийжелереге қарайтын болсақ, Франция бул бойынша жетекши. Бул мәмлекетке жылына 1 миллионнан зыят саяхатшы келеди, Америка екинши, Испания да артта қалып атырғаны жоқ. Өзбекстан усы тараўда өз жолын тапты. Туризм инфраструктурасы раўажланып атыр. Буннан тысқары ишки туризм, экотуризм, мәдений, зыярат, гастрономялық ҳәм басқа көплеген туризмлар жедел раўажланып барып атыр”,-деп келтирди Толқын Узакович өз сөзинде.

Соның менен бирге қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўлар ҳәм усыныслар ҳәр тәреплеме додаланып оларға толық жуўаплар алынды.