Нөкис транспорт техникумы мәжилислер залында ϴзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Мийнет кодексиниң мазмуны мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм түсиндириў бойынша үгит-нәсияти илажи өткерилди.
Илажға ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мүрәжәтлар менен ислесиў бөлими бас қанигеси Уразбаев Оралбай, ϴзбекстан транспорт жол қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республика кеңеси баслығы Палўаниязова Гулмира ҳәмде кәсиплик аўқам белсендилери қатнасты.
Қатнасыўшыларға Конституцияға ҳәмде Мийнет кодексине киритилген өзгерислер ҳаққында түсиниклер берилди. Иләж даўамында берилген барлық сораўларға жуўаплар алынды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: