2022-жылдың 11-ноябрь күни Нөкис қаласында Республикалық балалар фтизиатрия санаториясының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликте “Медицина хызметкерлери күни” байрамына бағышланған салтанатлы кешеси болып өтти.
Салатанатлы кешени Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Курбанов Мурад Исмаилович ашты ҳәм алып барды.
Буннан соң Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Байбосынова Лизахан Алламбергеновна сөзге шығып, бәрше медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Медицина тараўында жемисли мийнет етип атырған бир қатар хызметкерлерге байрам мүнәсибети менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған “Ҳурмет жарлық”лары ҳәм баҳалы саўғалары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте тапсырылды.
Соның менен қатар денсаўлықты сақлаў тараўындағы жемисли мийнети ҳәм “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мунәсибети менен 3 хызметкерге Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Курортлар басқармасына қараслы “YANGIYER”, “Медицина хызметкерлери күни” байрамы мүнәсибети менен болса 3 хызметкерге “Умид Гулшани” санаториясына бийпул жолламалар берилди.
Байрам илажында Өзбекстан врачлар Ассосациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен тараў нураныйларына ҳәм Өзбекстан Ҳамширалар Ассоациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен орта буўындағы медицина хызметкерлерине байрам саўғалары тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: