Спорттың волейбол түри бойынша Кеңес кубоги жарысы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы арасында спорттың волейбол түри бойынша усы жылдың 5-ноябрь күни 11-ноябрь “Өзбекстан кəсиплик аўқамлары күни”не арналып жарысы өткерилди.

Өткерилген жарыста командалар арасында жақсы нəтийжелерге ерискен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги командасы сыйлықлы 1-орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазларына Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық органлары бирлескен кәсиплик аўқам комитетлери тəрепинен жарыс қатнасыўшыларына диплом ҳəм естелик саўғалары тапсырылды.