Өзбекстан Республикасы Миллий мониторинг топары тәрепинен республикамыз аймағында быйылғы жылғы пахта жыйын–терими мәўсиминде теримшилер ушын жаратылған шараятлар, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланбаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренип шығылды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў комитетиниң усы жыл 5-сентябрьдеги ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси Атқарыў комитетиниң усы жыл 16-сентябрьдеги қарарларына тийкарланып, быйылғы жылдың 26-сентябринен 31-октябрине шекем Миллий мониторинг өткерилди.
-Илаж даўамында республикамыздың барлық районларында пахта атызларында теримшилер менен сәўбетлесиўлер алып барылып, ықтыярлы, узақ жерлерден келген теримшилерге жаратылған шараятлар, ыссы аўқат, ишимлик суўы менен тәмийинлениўи, теримшилердиң мийнет ҳақыларының ўақтында берилиўи менен жақыннан танысылды,-дейди жумысшы топар ағзасы Бекполат Утепбергенов.-Атап айтқанда, Нөкис районына сапарымыз даўамында Қырантаў аўыл пуқаралар жыйынындағы «Медет» фермер хожалығының пахта атызларында теримшилер Оңғарбай Кәримбетов, Рано Таджимова, Дәмехан Қәлимбетовлар менен сәўбетлесиў алып барылды. Фермер хожалығы быйылғы жылы 18 гектар майданға шигит сеўип, 45 тонна пахта жетистириўди режелестирмекте. Жыйын-терим жумысларына 60 теримши, тийкарынан жәмлеспеген халық ҳәм фермер хожалығының жумысшылары қатнаспақта.
Терилген пахтаның ҳәр бир килограмы ушын 2 мың сумнан мийнет ҳақы ҳәр күни нақлай берилип атырғанлығы, фермер хожалығы тәрепинен атыз басында таза ишимлик суўы ҳәм ыссы чай шөлкемлестирилгени атап өтилди.
Сондай-ақ, Қутанкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жайхун», Бақаншақлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Самам Нөкис» фермер хожалықлары, Дарсан аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дарсан кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пахта атызларындағы жыйын-теримге қатнасып атырған теримшилерге жаратылған шараятлар үйренилди. Мониторинг даўамында балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет анықланбады.
Орынларда көмекшилер менен сәўбетлесиўлер барысында Президентимиздиң басламасы менен социаллық мийнет қатнасықларын жетилистириў, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, оған жол қоймаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар, сондай-ақ, Өзбектан Республикасында ратификацияланған Халықаралық Мийнет шөлкеминиң конвенцияларының мазмун-мәниси түсиндирилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: