Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2022-жыл 21-сентябрь күни Шымбай районында “Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкемлер жумысларын устав талаплары тийкарында алып барыў” атамасындағы оқыў-семинар өткерилди.
Оқыў-семинардың тийкарғы мақсети мийнет етип атырған ҳәр бир кәсиплик аўқамы ағзаларының мүнәсип мийнет шәраятларының жаратылып берилиўи, нызамлы ҳуқықларының қорғалыўы, мийнетке мүнәсип ҳақ төленилиўи, жәмәәтлик шәртнамалары дүзилиўи ҳәм олардың орынланыўы бойынша қадағалаўдың әмелге асырылыўы, мийнетти қорғаў, мәдений-ағартыў, дене-тәрбия ҳәм спорт саўаландырыў тараўындағы нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғалыўына ерисиў.
Оқыў-семинар тараў кәсиплик аўқамларынан 60 жаңадан сайланған басланғыш кәсиплик аўқам шөлкем баслықлары ҳәм белсендилери қатнасында болып өтти.
Оқыў-семинар бағдарламасына тийкар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси Шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулнара Илмурадова “Кәсиплик аўқам хызметкерлери потенциалын асырыў”, “Кәсиплик аўқам комитети жумысларын жобаластырыў, басланғыш шөлкемлерде өз қарарлары, жоқары шөлкемлерден келген ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша мониторингин алып барыў”, Кеңес мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими жетекши қәнигеси Еркин Утепбергенов “Мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаўда кәсиплик аўқамларының жумысы. Жәмәәтлик келисимлер ҳәм шәртнамалар ҳәм оларды қабыл етиў, әмелге асырыў ҳәм орынланыўын қадағалаў. Халықаралық Мийнет Шөлкеми Конвенциялары бойынша Өзбекстан Республикасың мәжбүриятлары ҳаққында”, Кеңестиң мийнет ҳуқық инспекторы Полат Турсынов “Кәсиплик аўқамларының ҳуқықый тийкарлары. Мийнет шәртнамасы дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиў тәртиби” атамаларында теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерди.
Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасты ҳәм өткерилген оқыў-семинар бойынша анкета сораўларына жуўаплар берди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: