“КӘСИПЛИК АЎҚАМЫ КУБОГИ” өз ийелерине тапсырылды

2024-жыл 28-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғарезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы мүнәсибети менен “Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек – Ўатанбыз!” идеясы тийкарында кәсиплик аўқамлары хызметкерлери арасында өткерилген спорттың киши футбол түри бойынша “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” спорт жарысы өткерилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери қатнасып, жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.

Күн даўамында спорт жарысы қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықланды.

Бунда:

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғарезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамы мүнәсибети менен “Өзбекстан кәсиплик аўқамылары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси кубоги” ушын кәсиплик аўқамлары хызметкерлери арасында өткерилген спорттың киши футбол түри бойынша спорт жарысында 3-орынды Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командасы, 2-орынды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси командасы, 1-орынды Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командалары жеңимпаз деп табылды.

Командалық есапта жеңимпаз болған Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўлық командасына “Кәсиплик аўқамы кубоги” тапсырылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен түрли номинациялар бойынша соның менен бирге, жеңимпаз командаларға дипломлар ҳәм саўғалар тапсырылды.