2024-жыл жаз мәўсимин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм де оны өткериў бойынша аймақлық әмелий оқыў семинары болып өтти

Елликқала районы Ақшакўл мәҳәллесинде жайласқан «Арал балалары» дем алыў орайында 2024-жыл жаз мәўсимин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм де оны өткериў бойынша аймақлық әмелий оқыў әмелий семинары болып өтти.

Усы семинарда аймақлық комиссиясы ағзалары, кәсиплик аўқам Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси басшылары ҳәмде белсендилери, тийисли министрликлер, басқармалар, кәрхана, шөлкем басшылары, дем алыў орайы басшылары ҳәм де хызметкерлери қатнасты. Семинарды Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаменти Қарақалпақстан басқармасы баслығы С.Отеўлиев кирис сөзи менен ашып берди ҳәм перзидиуим ағзаларына сөз берилди. Усы семинарда тийисли министрлик ҳәм басқармалардың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен таярланған баянатлары тыңланды.

Аймақлық семинар қатнасыўшылары менен бирге, мәўсим даўамында барлық дем алыў орайларында балалардың қәўипсиз дем алыўларын тәмийинлеўге қаратылған қағыйдалар, атап айтқанда санитария қағыйдалары ҳәм нормаларына әмел етилиўи бойынша қатар ўазыйпалар белгиленип алынды.

Семинар даўамында Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, Балалардың дем алыўын системалы шөлкемлестириў ҳәм саўалландырыў мәселелери бойынша аймақлық комияссия баслығы орынбасары У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министриниң орынбасары Г.Абдусаметова, Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри орынбасары М.Шлимбетова ҳәм қатар министрлик, басқарма жуўапкерлери өз баянатлары менен қатнасты.

Әмелий оқыў семинарда өткен жылғы жумыслар анализ етилип, олардағы кемшиликлерди қайталамаслық ушын анық тапсырма ҳәм көрсетпелер берилип барылды.

Семинар қатнасыўшыларының жаз мәўсими бойынша қызықтырған сораў жуўаплар менен еркин дискуссия формасында даўам еттирилди.