Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен брифинг өткерилди

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен 2022-жыл 9-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын брифинг шөлкемлестирилди.

Брифингти ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.К.Данияров ашып, Президентимиз Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының 2020-жылы болып өткен VIII Қурылтайы қатнасыўшыларына жоллаған байрам қутлықлаўында 11-ноябрьди Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни етип белгилеў усунысын билдирип, “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилгенлиги ҳәм бул жаӊалық елимизде кәсиплик аўқам ағзалары айрықша қуўаныш пенен күтип алынғанлығы хаққында айтып өтти.

Илаж даўамында қасиплик аўкамларының алып барған жумыслары ҳаққында республикамыздағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин таныстырыў мақсетинде М.Қ.Данияров усы жылдың 10 ай даўамында кәсиплик аўқамлары тәрепинен исленген жумыслары ҳәм олардың алдында турған әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берди.

Журналистлер өзлерин қызықтырған сораўлар берип жуўаплар алды.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта усындай брифинглер ϴзбекстан кәсиплик аўқалары Федерациясының аймақлық кеңеслери тәрепинен ϴзбекстан Республикасының барлық ўалаятларында өткерилмекте.