«Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында балалардың гүзги дем алысы шɵлкемлестирилди

Мәмлекетимиз басшылары басламасы менен 2021-жыл 24-29-сентябрь күнлери Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында «Меҳрибанлық үй»лериниң Ташкент ўәлаяты Бука районынан ҳәм Хожели районынан 191 тәрбияланыўшылар дем алдырылды.

Дем алыў орайында 5 күнге мөлшерленген мәдений илажлар, балалардың қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетлери бойынша ҳәр қыйлы дөгереклер, балалар студиялары, шеберлик сабақлары ҳәм олимпиадалар, викторина ойынлары, билимлер беллесиўлери, техникалық, көркем дөретиўшилик ҳәм үлкетаныў ҳәм экология бағдарында дөгереклер, көргизбелер, соның менен бирге балалардың Мойнақтағы дыққатқа ылайлықлы орынларға сяҳатлары шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, балалар бул жердеги спорт әнжамлары менен толық тәмийинленген футбол, баскетбол, волейбол майданшаларында ойнап мазмунлы дем алды.