11-ноябрь — Кәсиплик аўқамлары күниниң рәсмий тән алыныўы мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хқзметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлери ағзаларынан бир қатар пидайы билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери жемисли мийнетлери ушын салтанатлы түрде сыйлықланды.
Усы жылдыӊ 7-ноябр күни Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хқзметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен байрам мүнәсибети менен иләж шөлкемлестирилип, иләжға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан кеӊеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги бөлим баслығы Р.Танирбергенов, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Б.Акимов, мийнет нураныйларынан Р.Абдурахманов, З.Есенбаевлар ҳәм де кәсиплик аўқамы белсендилери, комитет баслықлары қатнасты.
Иләж даўамында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан кеӊеси баслығы У.Жалменов шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, олардыӊ билимлендириў тараўында ислеп атырған жумысларына табыслар тиледи. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ баслығы, ҳүрметли Қ.М.Рафиковтыӊ байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.
Буннан кейин, қутлықлаў сөзлерине Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы Б.Акимов, мийнет нураныйы З.Қазақбаевлар шығып сөйлеп, бәрше қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, алдағы жумысларына жетискенликлер тиледи.
Сондай-ақ, илажда тараўдың раўажланыўына, жас әўладтың тәлим-тәрбиясына мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар кәсиплик аўқамы белсендилери, алдыӊғы кәсип ийелери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан кеӊесиниӊ “Ҳүрмет жарлығы”, Нөкис қаласы ҳәкиминиӊ “Ҳүрмет жарлығы”, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиӊ “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм де Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хқзметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеӊесиниӊ “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланып, оларға қымбат баҳалы естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Өткерилген илаж кәсиплик аўқамы белсендилериниӊ кейпиятына көтериңки кейпият бағышлап, олардың келешектеги жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысында жаңа күш-ғайрат ҳәм илҳам бағышлады. Билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы буннан былай да ҳәр бир мийнеткештиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў жолында шын кеўилден хызмет етиўди даўам етеди.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: