Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында «Репрессия қурбанларын еслеў арқалы жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы директоры Г.Кожабаева, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси аппаратының Мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт жумыслары бөлими менгериўшиси Г.Тлепов, Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси баслығы М.Даулбаев, орайдың профессор-оқытыўшылары ҳәм курс тыңлаўшылары қатнасты.
Илажда репрессия дәўири ҳәм оның аянышлы ақыбетлери, усы дәўирде репрессияға ушыраған ўатанласларымыздың өмири ҳәм жумыслары ҳаққында баянатлар тыңланды.
Сондай-ақ, репрессия жылларында халық, Ўатан ҳәм әдиллик жолында пидайылық көрсеткен ўатанласларымыздың естелигине бағышланған сахналық көринислер қойып берилди.
Илажда тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў, жас әўлад қәлбинде миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириў сондай-ақ оларды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда руўхый-ағартыўшылық илажлардың әҳмийети айрықша атап өтилди.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: