«Ең үлгили басланғыш шөлкем» көрик таңлаўы

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен үлкен итибар қаратылып атырған басланғыш шөлкемлер жумысларын жәнеде жақсылаў, ағзалық абзаллықларын тийкарлаўды күшейттириў бойынша көрилип атырған ис-илажлар өз нәтийжесин берип атырғаны көзге түспекте.

Кәсиплик аўқамларының тийкары болған басланғыш шөлкемлерге тийкарғы итибарды қаратыў, олардың жумысларын жетилистириў кәсиплик аўқамлары жоқарғы органларының ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болғанлықтан, бүгинги күнде баслы итибар басланғыш шөлкемлердеги ҳәр бир хызметкердиң социаллық қорғалыўынан шетте қалмаўы, мүлкшилик формасынан қатий нәзер, барлық кәрхана, шөлкем ҳәм мекемелерде басланғыш шөлкемлердиң дүзилиўи ҳәмде жәмәәтлик шәртнамалардың имзаланыўы, олардың орынланыўы бойынша мийнет жәмәәти алдында жылында кеминде бир мәрте есабат берип барылыўын тәмийинлеў мәселелерине қаратылып келинбекте.

Дәстүрге айланған көрик таңлаў илажлары даўам етпекте.

Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилиўи белгиленген «Ең үлгили басланғыш шөлкем» көрик таңлаўының тараўлық республика басқышында қатнасқан ҳәм жумыслары үлгили тәризде жолға қойылған басланғыш шөлкемлер жумысларын кеңнен ең жайдырыў, орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң жумысларының нәтийжелилигин асырыў, кәсиплик аўқамлары алдында турған ўазыйпаларды ҳәм келешектеги режелерди белгилеў ҳәмде өз-ара тәжрийбе алмасыўды шөлкемлестириў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Бүгинги өткерилип атырған илажда, тараўлық республика басқышында жеңимпаз болған ағзалары 100-шекемги ҳәм ағзалары 100-артық болған басланғыш шөлкемлер өз-ара беллесиўинде жумысларын сәўлелендириўши ҳүжжетлер (кәрхана, шөлкемде имзаланған жәмәәтлик шәртнамалардың көширмелери, кәсиплик аўқам комитети ҳүжжетлер ҳәм т.б.) ҳәм басқа көргизбели қураллардан кең пайдаланып өзлери әмелге асырған жумысларын мультимедиа, сүўретлер, баннерлер ҳәм видеороликлер арқалы көрсетти.

Тийкарғы баянатынан соң таңлаўдың тараўлық республика басқышында 1-,2-,3-орын жеңимпазлары бирлеспе Кеңесиниң 1,2,3-дәрежели диплом ҳәмде естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Аймақлық жуўмақлаўшы илажда белсенди қатнасқан басланғыш шөкемлер «Ең шырайлы көргизбе шөлкемлестирген басланғыш шөлкем» номинациясы бойынша – Нөкис қаласы 6-санлы улыўма билим бериў мектеби басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми ҳәм «Жумысларын ең жақсы көрсете алған басланғыш шөлкем» номинациясы бойынша Шымбай районлық медицина бирлеспеси басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми қымбат баҳалы саўға ҳәм диплом менен сыйлықланды.