Ҳәр бир пуқараның қәўипсиз ҳәм мүнәсип шараятларда мийнет етиўи мәмлекеттиң экономикалық өсиўи ҳәм социаллық раўажланыўының тийкары болып есапланады. Усы мүнәсибет пенен пүткил дүняда болғаны сыяқлы, елимизде де 28-апрель сәнеси мүнәсибети менен мийнетти қорғаўға бағышланып, түрли илажлар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, Әмиўдәря районы Мәденият бөлиминде «Қәўипсиз мийнет тийкарлары» атамасында әҳмийетли оқыў семинары болып өтти.
Илажда мийнет нызамшылығы, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғаў мәселелери додаланды. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Улуғбек Жалменов мийнетти қорғаўдағы жаңа реформалар ҳәм кәсиплик аўқамларының роли ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик мийнет инспекциясы (М.Сейдуллаев, Р. Шомуратов) ҳәм кәсиплик аўқамларының мийнет техник инспекторлары (Б. Утепбергенов, П. Абдиязов) тәрепинен төмендеги әҳмийетли темалар ашып берилди:
Кәрханаларда қәўипсизлик системасын ҳуқуқый ҳәм техникалық жақтан дурыс шөлкемлестириў;
Жумыс орынларындағы қәўип-қәтерлердиӊ алдыннан баҳалаў ҳәм сапластырыў;
Мийнет шәртнамаларына қатаң әмел етиў, жумыс ҳәм дем алыс ўақытларын нызамлы белгилеў;
Зыянлы ҳәм қәўипли жумыс шараятларында мийнет етип атырған хызметкерлер ушын нәзерде тутылған жеңилликлер.
Семинар жуўмағы ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм қызғын сораў-жуўаплар руўхында өтти. Шөлкем басшылары ҳәм мийнетти қорғаў ўәкиллери өндирис процесинде ушырасып атырған машқалалар және ҳуқықый мәселелер бойынша тараў билимпазларынан анық ҳәм тийкарланған жуўаплар алды. Бундай илажлар ҳәр бир жумыс орнында инсан өмири ҳәм денсаўлығын исенимли сақлаўға хызмет етеди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: