Кеңес ҳәм Атқарыў комитети мәжилиси өткерилди

2026-жыл 22-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмиетлик хызмет хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңесиниң Кеңес ҳәм Атқарыў комитети мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Кеңесиниң 2026-жыл биринши шереги даўамында әмелге асырған жумыслары додаланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, тараўдағы кәрхана ҳәм шөлкемлерде 2025-жылы жәмәәт шәртнамаларының орынланыўы бойынша усынылған есабатлардың нәтийжелери де көрип шығылды.

Жәмәәтлик келисимлериниң мазмунын және де байытыў ҳәм олардың орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Соның менен бирге, Атқарыў комитети мәжилислери аралығында қабыл етилген қарарлар тастыйықлап алынды. Мәжилис жуўмағында белгиленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша қарарлар қабыл етилип, тийисли тапсырмалар берилди.