Оқыў семинар болып өтти

Усы жылдың 18-19-март күнлери “Жаңа Өзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары” ураны астында Қарақалпақстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамына қараслы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери баслықлары ушын еки күнлик оқыў семинары шөлкемлестирилип өткерилди.

Семинар даўамында:

-кәсиплик аўқамлары ҳәрекетин жетилистириў

-хызметкерлердиң мийнет ҳуқуқлары ҳәм социал мәплерин қорғаў

-тармақтағы реформалар мазмуны

бойынша тийкарғы ҳәм әмелий мағлыўматлар берилип өтилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты кәсиплик аўқам комитетинде болып институт кәсиплик аўқам комитетиниң ис  тәжрийбелери менен жақыннан таныстырылды.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өз-ара тәжрийбе алмасып, кәсиплик аўқамлары тәжрийбелерин жәнеде жетискенликлерин пайда етиў бойынша жаңа билим ҳәм көнликпелерине ийе болды.

Семинар даўамында қатнасыўшыларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының тәжрийбесин асырыў институтының сертификатлары ҳәм семинарға үлгили қатнасқан басланғыш шөлкемлери баслықларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң миннетдаршылықлары тапсырылды.