Суд қарары орынланды

Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет инспекторларының 2024-жылдағы үйрениў жобасына тийкар Төрткул районлық медицина бирлеспеси тәрепинен алып барылып атырған жумысларын жәмәәтшилик тийкарында үйренип шығылды.

Төрткул районлық медицина бирлеспесине 2024-жыл 31-июльде көрип шығыўы мәжбүрий болған жазба көрсетпе арқалы жумыс орынларын мийнет шараятлары ҳәм әсбап-үскенелердиң жарақатлаў қәўиплилиги бойынша аттестациядан өткериў талабы қойылды. Бирақ, жумыс бериўши қаржы ажыратылмады деген сылтаў менен жазба көрсетпе талабын орынламады. Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет-техник  инспекторы П.Абдиязов тәрепинен Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлар аралық судына 2025-жыл июль айында даўа арза киргизилиб, даўа қанаатландырылды.

Усы суд қарары тийкарында Төрткул районлық медицина бирлеспеси 104 млн сумға 104 жумыс орнын аттестациядан өткерди.