Өзбекстан кәсиплик аўқамлары искерлигиниң 120 жыллығына бағышлап Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси қурамындағы билимлендириў мәкемелеринде илажлар өткерилиўи жойбарластырылған еди.
Сол қатнас менен усы жылдың 10 октябрь күни Нөкис қала 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеп жыйналыслар залида де Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары искерлигиниң 120 жыллық тарийхы, Өзбекстан Республикасының «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы, «Педагогдың мәртебеси ҳаққында»ғы нызамлары, «Мийнет кодекси»ның әҳмийети ҳәм мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде руўхыйлық сабағы өткерилди.
Өткерилген руўхыйлық сабағында мектептиң оқытыўшылары ҳәм жумысшы хызметкерлери қатнасты.
Руўхыйлық сабағы қатнасыўшыларына жоқарыда белгиленген Өзбекстан кәсиплик аўқамларының 120 жыллық тарийхы, нызамлардың, кодекснинг мазмун-мәниси, хызметкерлердиң мүнәсип мийнет шараятында ислеўинде тутқан орны, бүгинги күнде хызметкерлерге жаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм қолайлықлар, оларды социал қорғаў саласында алып барылып атырған жумысларға кең тоқталып өтилди.
Руўхыйлық сабағы даўамында Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары искерлигиниң 120 жыллығына бағышлап тарийхый дереклерге таянған ҳалда таярланған тарқатпа материаллар қатнасыўшыларға тарқатылды.
Соның менен бирге, бул мектептиң ҳуқықтаныў тийкарлары пәни оқытыўшы М.Рзамуратова тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодекси бойынша кең мағлыўматлар берилип, қатнасыўшыларға кодексда қосымша киритилген өзгертиўлер ҳаққында кең түсиник берилди.
Руўхыйлық сабағы даўамында қатнасыўшылар сораўлар берип, өзлерине тийисли көп мағлыўматлар алып, руўхыйлық сабағың мазмунли өтиўинде активлик көрсетди.
Сол сыяқлы руўхыйлық сабақлары, оқыў-семинарлары ҳәм ушырасыўлар қаласымыздағы басқа тәлим мәкемелеринде жоба тийкарында даўам еттирип барылады.
Сондай-ақ, усы күнниң өзинде қаладағы 42-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Үш әўлад» ушырасыў кешеси болып өтти. Бул иләжға усы мектепте узақ жыллар даўамында жемисли мийнет ислеп кеткен мийнет нураныйлары Б.Самахова, Қ.Худайбергенова, Ж.Сейтмуратовалар, сондай-ақ мектепте бүгинги күнде ислеп киятырған устаз муғаллимлер А.Уббиниязов, Н.Мамбетова, Ж.Сейитмуратова ҳәм олардың жас шәкиртлери қатнасты.
Иләж даўамында нураный устазлар өзлериниң басып өткен мийнет жоллары ҳаққында айтып өтип, бүгинги күнде билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилип атырған жетискенликлер көз қуўантары, ҳәзирги күнде жаратылып атырған имкәният ҳәм мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, келешегимиз болған жас әўладты билимли ҳәм кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолында ҳәзирги күнде ислеп атырған педагогларға, олардың жас шәкиртлерине жумысларында табыслар тиледи. Өз гезегинде мектеп жәмәәти нураный устазларға ҳәмийше устазлық етиўден шаршамай, өзлериниң бай нәсиятларын берип, мектеп пенен тығыз байланыста болып турыўына тилеклеслик билдирди.
Өткизилген ушырасыў мазмунлы ҳәм қызықлы тәриздеги пикир алысыўларға бай түрде болып, қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: