“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки”

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” Халқымызда «шембилик» деп аталған әжайып дәстүр бар. Бул әдет жыллар өтседе өз әҳмиетин жоғалтпаған. Шембилик – бул халқымыздың бирлиги, дослық ҳәм аўызбиршилигин көрсететуғын жақсы дәстүр. Бул күнлерде ҳәр бир қол мийнетке қосылса, мәҳәллемиз және де гөззал, елимиз және де абадан болады. Елимизде ҳәр қыйлы байрамлар, муқаддес сәнелер алдынан улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў ҳәм сол арқалы аймақларды абаданластырыў жақсы дәстүрге айланған.

Усы жылдың 22-23-август күнлери өткерилип атырған улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги де мине усындай ийгиликли мақсетке хызмет етеди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, тараўлық кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәмде Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери улыўмахалықлық шембилик жумысларында белсене қатнаспақта.