2025-жылдың 16-апрель күни тараў емлеў профилактика мәкемелери мийирбийкелери арасында “Ҳамшира-2025” көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилип, онда көрик-таңлаўдың 1-басқышының 1-орын жеңимпазлары қатнасты.
Көрик-таңлаўдың жуўмағы бойынша 1-орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси М.Марксова, 2-орынды Шымбай районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси М.Отебаева ҳәм 3-орынды Республикалық көп тармақлы медицина орайы мийирбийкеси Ж.Жолдасбаевалар ийеледи.
“Ҳамшира-2025” көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышының 1-,2-,3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ барлық көрик-таңлаў қатнасыўшыларына Өзбекстан Ҳамширалар Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: