Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Атқарыў комитетиниң 2024-жыл 30-сентябрь күнги 13-36/1 “с” санлы қарары ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси Атқарыў комитетиниң 2024-жыл 15-октябрь күнги 17-15 “с” санлы қарарларындағы белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 11-ноябрь-“Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсебети менен “Жаңа Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамлары он күнлиги” идиясы тийкарында 2024 жыл 5-ноябрь күни Беруний районы Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жәми 55 жумысшы хызметкерлерине Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси баслығы орынбасары Шавкат Сардорович Жавланов ҳәм Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Ерғали Ержанович Сейтназаров сондай-ақ Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Беруний районы Кеңес баслығы Камилжан Реимбаевич Худиков менен биргеликте мәдений-ағартыў илажы шөлкемлестирилип өткизилди.
11-ноябрь-“Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрам мүнәсебети менен Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси баслығы орынбасары Шавкат Сардорович Жавланов басшылығында Беруний районы Насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының нуранийи Э.Юлдашовқа Ташкент ўалаяты “Янги йўл” санотириясына бийпул жолланма усынылды ҳәм усының менен биргеликте бир қатар жумысшы хызметкерлерге саўғалар тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: