Усы жылдың 21-22-ноябрь күнлери, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси интасы менен Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы тараўындағы қала ҳәм районлық кеңес баслықлары, басланғыш кәсиплик аўқам комитети баслықлары ушын семинар болып өтти.
Онда, Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңеси мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими баслығы Бегимқулова Шохида Базарбаевна ҳәм Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Сейтназаров Ерғали Ержанович қатнасты.
Семинар даўамында, жәмәәтлик шәртнаманың 2023 жылда әмелге асырылған илажлар нәтийжелиги ҳәмде 2024-2026 жыллар ушын мөлшерленген жәмәәтлик шәртнаманың жойбарын таярлаў ҳәм дүзиў бойынша илажларын алып барыў, социал мәплерин қорғаў, соннан жәмәәтлик келисимлери ҳәмде шәртнамаларда белгиленген илажларды рәсмийлестириў бойынша түсинтирилди ҳәм семинар жуўмағында пикир алмасылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: