2023-жылдын 28-апрель күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 28-апрель «Пүткил дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни»не бағышланған “Инсан қәдири ҳәм саламатлығы – жумыс орынларындағы қәўипсиз мийнет етиў шәраятлары менен тығыз байланыслы” атамасында ис-иалжлар өткерилди.
Халықаралық мийнет шөлкеминиң басламасы менен 2003-жылдан берли дәстүрге айланып ҳәр жылы белгиленип киятырған бул илаж, дүнья жәмийетшилигин үлкен машқалаға, яғный жумыс орынларында болып атырған ақыбети жеңил, аўыр ҳәм өлим менен жуўмақланған бахытсыз ҳәдийселерди, кәсип кеселликлерине ушыраўдың алдын алыў ҳәм мийнетти қорғаў мәселелерине итибарды күшейтиўге қаратып келмекте.
Жумыс орынларында қәўипсизликке ийе болған мийнет шәраятлары бул – қәўипсиз ҳәм саламат шәраятларына болған ҳуқық басшылығы ҳәм хызметкерлер тәрепинен қәдирлениўи ҳәм олардың қошаметлентирилиўи.
Барлық тәреплердиң мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын турақлы жақсылаўдағы қатнасы – инсан қәдири ҳәм саламатлығы жолындағы нәтийжели ҳәрекетти сәўлелендиреди.
Глобал раўажланыў процесси алдымызға жаңа ўазыйпаларды қойып атыр.
Биз саламат орталықты жаратқан жағдайда, инсанлар қәўипсиз шәраятларда мийнет етиўине ерисиўди мақсет қылғанбыз.
Тәжрийбе соны көрсетпекте, қәўипсиз мийнет етиў шәраятлары жоқары дәрежеде болыўы хызметкерлерге, жумыс бериўшилерге ҳәм Ҳүкиметке бирдей пайда келтиреди.
Инсан қәдири ҳәм саламатлығы жолында – жумыс бериўшилер тәрепинен мийнетти қорғаўға бағдарланған қаржы бул ғәрежет емес, бәлким келешек ушын инвестиция болып есапланады.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: