Спорттың волейбол түри бойынша жарыс өткерилди

8-декабрь “Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни” байрамы мүнәсебети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен 2022-жыл 26-ноябрь ҳәм 3-декабрь күнлери ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында арасында спорттың волейбол түри бойынша қаладағы 19-,  34-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде тармақ мәкемелеринде ислеўши хызметкерлер арасында жарыслар өткерилди.

Жарысларға 42 команда жәми 336 хызметкер қатнасты.

Ерлер арасында:

1-орын 28-мектеп;

2-орын 31-мектеп;

3-орын 44-мектеп.

Ҳаял-қызлар арасында:

1-орын 19-мектеп;

2-орын 32-мектеп;

3-орын 12-мектеп.

Жарыс жуўмағында шөлкемлестириўши тәрепинен жеңимпазларға дипломлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.