Усы жылдың 28-март күни Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы жәмәәтлик шәртнамасының 2021-жылда орынланыўы бойынша мийнет жәмәәтиниң мәжилиси болып өтти.
Жыйналыста басқарма баслығы А.Давлетов, кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы Э.Қосбаевлардың есабатлары тыңланды.
Хызметкерлер арасында мийнетке тийисли, социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў, мийнет ўазыйпасын орынлаў менен байланыслы болған жарақатланыўлар, кәсип кеселликлерине шалыныўы якы саламатлығының басқа да жарақтланыўларының алдын алыў. Мийнетти қорғаў бойынша хызметкерлерге арнаўлы кийим-бас, арнаўлы аяқ кийим ҳәмде басқа жеке қорғаныў ҳәм гигиена қуралллары менен тәмийинлеў, мийнет ҳәм дем алыў тәртиплери, жеңилликлер ҳәм компенсация төлеўлери, жеке ҳәм жәмийетлик қорғаў буйымларына болған талапларға қандай әмел етилгенлиги, хызметкерлердиң мийнет хуқықларын қорғаўды тәмийинлеў, олардың билим дәрежесин есапқа алған ҳалда ис ҳақы төлениўи үстинен жәмийетшилик қадағалаўды орнатыў.
2021-жыл даўамында басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми ағзаларының балалары Мойнақ районындағы “Ақ кеме” ҳәм Елликқала районындағы “Арал баллары” жазғы дем алыў ҳәм саўаландырыў орайларында саўаландырылды.
Басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми ағзаларына Ташкент ўәлаяты Қыбрай районында жайласқан “Умит гулшани” санаториясы, Бостанлық районында жайласқан “Оқ-тош” санаториясы ҳәмде Жиззах ўәлаяты Зомин районындағы “Зомин” санаторияларына басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми есабынан жолламалар алып берилди.
2021-жыл даўамында басланғыш кәсиплик аўқам тәрепинен ишки туризмди раўажландырыў мақсетнинде ислеўши 50 хызметкерди Самарқанд ўәлаятына, 23 хызметкерди Хийўа қаласына саяхатлар шөлкемлестирилди.
Жыйналыста Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы С.Отеўлиев сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўлар, қабыл етилип атырған Нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекелтик дәстүрлердиң әҳмийети, соның менен бирге кәсиплик аўқамлар тәепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәмде алдағы ўазыйпалар ҳаққында айты өтти.
Жыйналыс соңында қатнасыўшылар тәрепинен өз-ара пикир алмасыўлар, сораў-жуўаплар болып өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: