Жәмәәтлик шартнамаларының орынланыўы бойынша мәжилис өткерилди

Усы жылдың 7-11-март күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мусулманлар Муҳаммед ибн Аҳмад Ал Беруний орта арнаўли Ислам билим жүрты, Нөкис район ҳәкимлиги, Тахияташ район ҳәкимлиги ҳәм Қишлоққурилиш банк Шымбай районлық филиалы мийнет жәмәәтлериниң мәкемениң жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшаларының 2021-жылда орынланыўы бойынша мәжилис болып өтти. Мәжилисте 2021-жылда жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшаларының орынланыўы бойынша ис бериўши ўәкили ҳәм кәсиплик аўқам шөлкеми баслығының есабатлары тыңланды.

Мәжилислерде Өзбекстан Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы С.Отеўлиев ҳәм баслық орынбасары М.Атамуратова қатнасып мәмлекетимизде кәсиплик аўқамлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм режелер бойынша мағлыўмат берди.

Делегатлар 2021-жылда жәмәәтлик шәртнамасы оның қосымшаларының орынланыўын қанаатландырарлы деп тапты.