Өзбекстан кәсиплик аўқамлары – 120 жыл халық пенен

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 5-ноябрь күни «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары – 120 жыл халық пенен» сүрени астында салтанатлы байрам илажы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фархад Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Нуразизов Раджапбай, Өзбекстан темир жолшылары ҳәм транспорт қурылысшылары кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң баслығы Қутлымурат Сабиров, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Улуғбек Жалменов, сондай-ақ, республика басшылары, мийнет ветеранлары, кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер елимизде мийнеткешлердиң мәплерин қорғаў, социаллық турақлылық ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Илаж соңында мийнет пидайылары ҳәм тараў белсендилери мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Олар елдиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм мийнеткешлердиң мәплерин қорғаўдағы пидайы хызметлери атап өтилди.

-Бүгин кәсиплик аўқамлары тек ғана шөлкем емес – ал халық таянышы, мийнеткештиң сүениши, инсан қәдирин улығлайтуғын күшке айланған ҳәрекет болып есапланады. 120 жыллық жол – бул мийнет, бирлик ҳәм халық пенен биргеликтеги жол. Жаңа Өзбекстанда кәсиплик аўқамлары мине усы ийгиликли дәстүрди даўам еттирип, халықтың абаданлығы ҳәм елдиң раўажланыўы жолында пидәйи хызмет етиўди даўам еттирмекте, – дейди илаж қатнасыўшысы нураныймыз Қуўатбай Қадиримбетов.

Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлары қатнасыўшылардың кеўиллерин қуўанышқа толтырды ҳәм мийманлар ушын байрам дастурханы жайылды.