Халық аралық майыпларды қорғаў күни мүнәсебети менен өткерилген илажлар

“3-декабрь – Халық аралық майыпларды қорғаў күни” мүнәсебети Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Хожели, Шымбай, Нөкис, Қоңырат, Тахтакөпир, Қараөзек районлық Кеңеслер ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм бир қанша мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм районлардағы нәгиранлығы болған шахслар ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде үй шараятында оқып билим алып атырған турақлы күтимди талап ететуғын ҳәм имканияты шекленген оқыўшыларға байрам мүнәсибети менен естелик саўғалары тапсырылып ҳалынан хабар алынды.