Жаңа ϴзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары” идеясы астында 11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни” белгиленди

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2020-жыл 23-ноябрьде Өзбекстан Республикасының ЎРҚ-648-санлы «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди. Оған бола, 11-ноябрь – «Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди. Бул жаңалық елимиздеги бес ярым милионнан артық кәсиплик аўқамлары ағзалары тәрепинен жоқары ҳүрмет пенен күтип алынды.

11-ноябрь – “Кәсиплик ауқамлары күни”н белгилеў шеңберинде ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен “Жаңа ϴзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлары” деген идея астында усы жылдың 4-ноябрь күни Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында республика басшылары, мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасыўында конференция ҳәм мәдений-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илажды Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.А.Жалменов кирис сөз бенен ашып берди, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты ҳәм конференция қатнасыўшыларын байрам күни менен қутлықлады.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен мийнет ветеранлары ҳәм кәсиплик аўқам белсендилери кәсиплик аўқамлар күнине 1 жыл толыўы мүнәсибети менен естелик көкирек белгилери, 2021-жыл жазғы дем алыў ҳәм саўалландырыў мәўсиминде орайларда карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыслар қызғын пәтте алып барылыўында сондай-ақ, балалар қәўипсизлигин тәмийинлеў, жәмәәт тәртибин сақлаў, транспорт ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўде жақыннан жәрдем берген шөлкемлерге миннетдаршылық, Ҳаяллар дәптери”н жүргизиў арқалы машқалаларды системалы рәўиште шешиў ҳәм оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша жәрдем көрсеткени ушын Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине Ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар берилди. Соның менен бирге, Кәсиплик аўқамлары стипендианты ҳәм санаторияға бийпул жолламалары, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары лауреаты республикалық көрик-таңлаўы» жеңимпазларына диплом, 30 ҳәм 20 миллион сум қаржылай ҳәмде усы жыл октябрь айында өткерилген «Мийнет ҳуқықы билимданы» таңлаўы жеңимпазлары да диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илаж көркем-өнер ғайраткери атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.