Медицина мәкемелери хызметкерлериниӊ физикалық белсендилигин асырыў, денсаўлықларын беккемлеў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм бул бағдарда алып барылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелилигин және де асырыў мақсетинде 2026-жылдың 20-октябрь күни Нөкис қаласында ерлер ҳәм ҳаял-қылар арасында спорттың киши футбол, шашка, шахмат, стол тенниси түрлери бойынша “Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы баслығы кубоги” спорт жарысыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Кубок жарысы жуўмағында спорттың киши футбол түри бойынша ерлер арасында I орынды Өзбекстан врачлар Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими, II орынды Шымбай районлық денсаўлықты сақлаў бөлими, III орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси, ҳаял-қызлар арасында I орынды Қараөзек районлық медицина бирлеспеси, II орынды Шоманай ҳәм III орынды Мойнақ районлық медицина бирлеспеси командалары ийеледи.
Сондай-ақ, спорттыӊ стол тенниси түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Тақыятас районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси С.Уразбаева, II орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси кадрлар бөлими қәнигеси Л.Алиева, III орынды Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Д.Куатова, спорттыӊ стол тенниси бойынша ерлер арасында I орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси есапшысы А.Юлдашев, II орынды Мойнақ районлық медицина бирлеспеси шыпакери С.Эшанов, III орынды Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы есапшысы И.Аметов, спорттыӊ шахмат түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси М.Давлетбоева, II орынды Кегейли районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Г.Кадиримбетова, III орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси мийирбийкеси С.Кадиритмбетова, спорттыӊ шахмат түри бойынша ерлер арасында I орынды Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан филиалы шыпакери Ж.Еримбетов, II орынды Елликқала районлық медицина бирлеспеси шыпакери Х.Дурдиев, III орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси лаборанты П.Ходжахметов, спорттыӊ шашка түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Н.Узақбаева, II орынды Тақыятас районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси К.Аметова, III орынды Мойнақ районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси И.Абуллаева, спорттыӊ шашка түри бойынша ерлер арасында I орынды Хожели районлық медицина бирлеспеси шыпакери Ш.Абдурахманов, II орынды Қараөзек районлық медицина бирлеспеси шыпакери Р.Жамуратов, III орынды Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси фельдшери Р.Тореевлерн ийеледи.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен тийисли дәрежедеги диплом, медаль ҳәм де баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Кубок жарысыныӊ ҳәр бир спорт түри бойынша жеӊимпазлары Ташкент қаласында өткерилетуғын финал басқышында қатнасыў жолламасын қолға киритти.








Spelling error report
The following text will be sent to our editors: