12 – июнь – «Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни»

12-июнь-«Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Елликқала районындағы «Арал балалары» дем алыў орайында «Балалар мийнетине қызыл карточка: Балалар ушын әдалатлы ойын, үлкенлер ушын мүнәсип мийнет!» сүрени астында илаж өткерилип, онда дем алыўшы балалар менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Елликқала районы, “Арал балалары” дем алыў орайы баслығы Р.Алламбергенов, Кеңестиң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меӊгериўшиси П.Торемуратов ҳәм сондай-ақ спорттың қол урысы түри бойынша чемпионлары Т.Атаханов, Г.Халмуратова ҳәм басқалар қатнасты.

Илажда Кеңес баслығы тәрепинен 12-июнь-«Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти. Мәжбүрий мийнет соның ишинде, балалар мийнетин тоқтатыў ушын алып барылған жумыслар тийкарында бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилгенлиги, сондай-ақ, балалар мийнети тоқтатылғанлығын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, Т.Атаханов ҳәм Г.Халмуратовалар өзлериниң бул жетискенликлерине ерисиўде мәмлекетимизде барлық шараятлардың жаратылғанлығы, онда жасларымыз дурыс пайдалана алыўы, биринши гезекте жақсы оқыўы, турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўы, бос ўақытларын дурыс шөлкемлестириўи керек екенлигин айтып өтти.

12-июнь – «Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни»не бағышланып балалар арасында сүўрет салыў таңлаўлары, спорттың шашка, стол тенниси түрлеринен жарыслар өткерилип жеңимпазларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының логотиплери түсирилген футболка, кепка ҳәм диплом, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

«Балалар мийнетине қызыл карточка: Балалар ушын әдалатлы ойын, үлкенлер ушын мүнәсип мийнет!» сүрени астында илажлар ҳәм Төрткүл районындағы «Оқ кабутар», Тақыятас районындағы “Айдын жол”, Нөкис қаласындағы “Арал” балалар дем алыў орайларында өткерилди.