Пийшемби — Жаслар күни мүнәсибети менен жас тәрбияшылар арасында таңлаў өткерилди. Таңлаў Нөкис қаласы 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси тәрепинен шөлкемлестирилди.
Бул таңлаўдын тийкарғы мақсети — жас педагоглардың кәсиплик қәбилетин асырыў, олардың дөретиўшилик ҳәм инновацион жандасыўларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, тәлим-тәрбия барысында заманагөй усулларды кең енгизиўден ибарат.
Таңлаў даўамында қатнасыушылар өз билим ҳәм көнликпелерин жүзеге шығарып, балалар менен ислеўдеги заманагөй методикалар, тәрбиялық шынығыўлар ҳәм интерактив усыллар бойынша өз өнерлерин көрсетти. Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың дөретиўшилик, педагогикалық шеберлик ҳәм жаңаша жантасыўлары жоқары баҳаланды.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: